ХАНДЫҚ
Қарақалпақша
ат. тар.с. 1. Ханға берилген атақ, дәреже.
Бул сөзиме инан досым, Хандық маған жоқ екен, Күни кеше сизлердиң, Тиллериңизди алмадым (Бердақ).
2. Ханның қарамағындағы ел, журт, халық, мемлекеттик дәўир.
Ханның диўанбегисине көп ақша бердим де, хандықтың арқа шекарасындағы еллери менен сөйлесик жүргизетин сенимди елшиси деген жарлық хат жазырып алдым (Т.Қайыпбергенов).
3. Ханның қарамағындағы байлық, билик, әмил, атақ.
Ата-бабасында хандық жоқ, хандықты келистире ме? — деди (Т.Қайыпбергенов).