⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ХАТЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Дизимге алыў, есапка алыў, хатқа жазыў. Республикамыздағы аўыр шараятта жасап атырған, хатлаўдан өткерилген пуқаралардың турақ жайларын орнына барып көриў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў, үйлерин онлап бериў бағдарында жумысларды нәтийжели жолга қойыў мақсетинде тийисли тарап басшыларынан дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың жасаў шараятларын жақсылаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша ийгиликли баслама ямаса «Меҳир хәрекети» шеңбериндеги кайырқомлық илажлар даўам етпекте («ЕҚ» г.).