⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ХОЖА

Қарақалпақша

ат. 1. гөн.с. дин.с. Мусылман дининиң ўәкили. Молла, хожаны жыйдырды, Ҳәр түрден жемис үйдирдң («Алпамыс»). 2. Бир нәрсени бийлеўши, басқарыўшы, ийелеўши. Жер-суўдың халықлар хожасы болды, Еркинлик шадлыққа кеўили толды (Н.Дәўқараев). 3. Үй ийеси, басшысы. 4. Бирэўдиң ямаса бир нәрсениң ийеси, хожайыны. Үйдиң хожасы. Жақсы жердиң кәдирин, Хожасы билмес қул билер (ққ.х.н.). 5. тар.с. Биринши болып ислам динин қабыл еткен жерли адам, кейин ала диншиллердиң исеними бойынша төрт Халифаның биреўинин әўлады. Қаленлер менен шайықты, Хожаларға қарғатқан,... («Ер Зийўар»). 6. Орта Азияда бурыннан артықмашлыққа ийе болған ақсүйеклер және олардың әўладлары. 7. Ер адамлардың атларына қосылып келеди. Аюпхожа, Мамутхожа.