⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ХОЖАЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Қандай да бир жәмийетлик қурылыстағы өндирис қатнасықларының жыйынтығы, усылы. Өткен жылы бул алдынғы хожалық 100 мың манатқа жақын пайда алды («Әмиўдәрья» ж.). 2. Үйди дүзиў, үй, жай, мүлкке ийе болған шаңарақ. Кеши жоқ дәулет, қамалдың, Хожалық болдым кенелген, Ырысқы берген ким екен? (К.Султанов). Сонда сотта маған айтқан гәпи: «Сен келе болмайсаң, халық қатарына қосыла алмайсаң, пара алмай бир айлық пенен жасайсан, хожалықты сүйрей алмайсаң, сениң менен қослас болып кемтарлықта жасағанымнан, жесир болып еркин жасағаным абзал», — деди (А.Султанов). 3. Ис, жумыс. Хожалық машкаласын көтеремен дегендей биреў болса дым жақсы («Әмиўдәрья» ж.). 4. Ислеп шығарыўды тәмийин ететуғын, оны әмелге асыратуғын, пайда ететуғын бирлеспе. Фермер хожалықлары ресурс тежейтуғын технологиялар — тамшылатып суўғарыўды жолға қойыўы ҳәм (илгери) алдын суўғарылмаған жерлерди өзлестириўи мүмкин («Қарақалпақ университети» г.). 5. Ислеп шығарыўдын белгили бир тийкары, тараўы, тармағы. 6. Бир адамның мәкеме яки халық ықғыярындағы байлық, мүлк. 7. Аўыл хожалығындағы өз жер, суў, мүлкке, ислеп шығарыў мүмкиншилигине ийе болған ҳәр бир айрықша ислеп шығарыў бирлиги. 8. Ҳәр қандай ислеп шығарыўдағы айрықша кәрхана. 9. Үй жағдайлары, жасаў шараяты. Соның менен бирге Нәдирбаевтың хожалық жағдайын да есапқа алыўымыз керек (М.Нызанов). 0 Хожалық баслығы — бир мәкеме яки кәрхана ықғыярындағы мүлк хәм буйымды басқарыўшы адам, киси.