ХОРЗАР
Қарақалпақша
I ат. Аўыр, қыйын, машақат.
II кел. 1. Аянышлы аўҳалға түскен, аўыр жапа шеккен, азапланған, қыйналған, жәбирленген.
Бирақ, қашан қай бир ўақ киси бендеси барған жеринде ол да хор-зар болмасын (Қ.Аралбаев).
Хор-зар болып жат елде, Тентиреп шала жансаң ба? (Б.Қайыпназаров).
2. Жүдә кәмбағаллық, мүтәжлик.