ХЫЗМЕТ
Қарақалпақша
ат. 1. Белгили бир жумыс яки мийнет пенен шуғылланыўдағы ҳәрекет, жумыс, мийнет, ис, кәсип.
Дәслеп хызмет еткен болды берилип, Кем-кем кисилиги тутты керилип, ... (И.Юсупов).
2. Биреўдин жумысын питкериў, жәрдем бериў, жақсылық ислеў, жақсылық.
Ҳәр бир балларында бир өнер болды, Не хызмет буйырса шарп етер болды (А.Дабылов).
3. Лаўазым, жумыс орны.
Сениң хызмет орның қысқарды, ҳәзирден баслап жумыстан азатсаң, кеңсеге кирип, есапласып, хызмет хақыңды ал да кете бер, төрт жағын қубла енди! (А.Султанов).
4. Бир шәлкемде яки мәкемеде ислеў.
Нәтийжеде кимсең «пәленшениң» хаялы болып, үйде жумыс ислемей отырған апам, ески таныс-билислериниң аркасында бир мәкемеге ебиндей хызметке орналасты (А.Султанов).
5. Ўазыйпа, тапсырма.
Хожайын меннен күтеди хызмет (Д.Айтмуратов).
6. Мийнет, хәрекет.
Халықбахтлап хызметиңи үлгили, Өңирине тақты хүрмет белгини (И.Юсупов).
Хызмет етпе, хызмет етсең — миллет етпе (ққ.х.н.).
7. Тараў, бағдар.
Ақыр, Перийзаттың әкеси Камал Муқанов көп жыллардан берли саўда хызметинде «майлы орынды» ийелеп, ҳәмме оған қол қаўсырып сәлем беретуғын сур папакды «Камал аға» деген ат көтерди... (А.Бекимбетов).
8. Жумыс, ўазыйпа.
— Мен ГРЭСтиң авариялық хызмет бойынша инженеримен (М.Нызанов).
9. Армияда яки флотта болыў, әскерий ўазыйпаны өтеў.
Медициналық комиссия солардың себебинен мени әскерий хызметке жарамайсаң деген жуўмақ шығарды (А.Бекимбетов).
10. Армия курамындағы айырым қәнигелескен тараўлар яки шақаплар.
0 Хызмет хақы — иеленген исине берилетуғын хақы.
Хызмет көрсеткен — мийнети есапқа алынған адамларға берилетуғын мақтаў грамоталар сыяқлыларда пайдаланылады.
Хызмет көрсетиў — адамлардың талабын қанаатланарлық ие көрсетиў.
Хызмет орны — жумыс ислейтуғын жери, орны.
...ислеп жүрген хызмет орнын өзгертпекши болып, қәўетерленип жазған хатының мазмуны менен таныстырды (А.Бекимбетов).
Хызмет сапары — жумыс барысында белгили бир мақсет пенен басқа орынларға барыў, тапсырмаларды орынлаўға шығыў.
Москваға бары-жоғы бес күн мүддетке шаңарағын көширип келиў ушын хызмет сапарына жиберилген Аллаяр, Зәкийраға Оренбургқа барып жүриўге имканияты жокдығын айтты (А.Султанов).