ЦИЛИНДР
Қарақалпақша
ат. 1. мат.
Туўры төрт мүйешликти оның бир тәрепиниң өз ишине алатуғын көшеринде айландырыўдан келип шықкан фигура, дене, турпат.
2. тех.
Усы түрдеги деталь яки буйым, зат.
Двигатель цилиндри.
Бул аппарат 24 литр суйықлық сыятуғын цилиндрге усаған ыдыс... (А.Джалменов, П.Т.Карпов).
3. Саяманы кишилеў, төбеси бийик цилиндр сыяқлы бас кийим, ерлер калпағы, шляпасы.