ШЕРИМЕТИК
Қарақалпақша
ат. Малдың терисинен иеленген етик.
«Бәри бир жигит инсаплы екен, Алла өмирин узақ қылсын, айырым алып сатарларға усап, арзан сорап, нарқты жерге урмады, мениңше арзан бермедим, пәлен теңгеге шерим етик алсам...» деген ойлар менен турғанда тәрезиси менен тасларын арқалап алған жанындағы жәрдемшиси менен кеппан пайда болды (К.Кәримов).
Дүзиў табан шерим етигин шешип, оның да қонышын кесип таслады (К.Кәримов).