ШОҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Оттың қозы.
2. Тығыз, өскин.
1. Ал, кимлердур аўызқабағын алып, қоңсыдан шоқ алып келиўге баратыр (К.Кәримов).
2. Шоқ сақалы шырайлы жүзине қуп жарасып турған, орта жаслардағы әмир басына сәлле орап, үстине келте жеңли қырмызы реңли шапан кийип, белине алтын тоғалы кәмар байлаған еди (К.Кәримов).