⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ШЫҒАНАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Қолдың билектен жоқары бүгилетуғын жери. Орақбай сыбырланып, мени шығанағы менен түртип қойды (М.Нызанов). 2. Бир нәрсениң бүгилген, қайырылған, айланған, бурылған жери. Басында темир дубылға, ийнинде жеңи шығанағына жетер-жетпес көзгенек полат саўыт, белиндеги қылышы шамасы қулаштан кем емес узын, үзеңгине ширенип: — Ким бар? — деп гүркирегенде саўаш майданы ләрзеге келип, бир силкингендей болды (К.Султанов). Даўыл менен қасарысып, еки-үш шығанақ жол жүргеннен кейин атлардын зорыққаны ма, жаўырынынан сыбақ тер шықты (К.Султанов).