ШҮБЕРЕК
Қарақалпақша
ат. Гезлемениң майда кесиндиси, қыйқымы, жуқа таўардың қыйындысы.
Балама шүберек баслы биреўин инам етсин! (К.Султанов).
Ертектеги дәўлердиң жанларындай булардың да шүберекке түйиўли жанлары қолына түсип қалған пайытты қолдан жаздырғысы келмей отыр (А.Садықов).