ШҮЙ
Қарақалпақша
ат. Арба, кеме, гүнде, сала ҳәм басқа да затлардағы бир нәрсени алға ямаса кейинге жибермей услан турыўшы кишкене ағаш.
1. Асқар екинши арыстағы шүйден демеп, жийрен атқа көмеклести (К.Кәримов).
2. Ескектиң қалағының суўды сыбалаған сестине қулақ шүйдиң тынымсыз шыйқылдаған сықырлысы қосылып, зарлы бир төгеди (К.Султанов).