⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ШҮЛЕН

Қарақалпақша

ат. Мерекелерде көпшиликке асылатуғын үлкен нәҳән қазан. Баланы үлкен шүлен қазанның астына таслады да, жасырып алып қалды (К.Султанов). Шертек астында асыўлы қазанлардың бири болысқа арнап асылатуғын, қалғанларында ҳәр түрли аўқат болып, олар қонақтың ҳүрметине қарай берилетуғын, ал күнликши менен жалшыға, жылқыман менен шопанға, басқа да хызметкерлерге шүлен қазанда жуўери ғөже қайнап туратуғын еди (К.Кәримов).