ШҮТИКШЫРА
Қарақалпақша
ат. Кандай да болмасын бир ыдысқа май қуйылып пилте менен жағылатуғын шыра.
Ертеңине жүреги даўамаса да илажсыздан қараңғы өжиреде шырпы шағып қыдырып, моржасыз шүтик шыраға май таўып алғанда куўанып кеткен еди (К.Кәримов).
Шүтик шыраның жаққысында Өтештиң қызғыш шырайы көринеди (А.Садықов).