ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ
Қарақалпақша
ф. Уйымласыў, жәбдиллесиў.
Лекин, мен конференцияны шөлкемлестириўшилерден руқсат алып, кабинетиме келдим (М.Нызанов).
Сениң ўазыйпан коллективтеги жумысларды шөлкемлестириў, кимге не жетпей атырса, соны тәмийин етиў (Т.Қайыпбергенов).
Түсликти бизге Илья деген келиншек шөлкемлестирген екен (М.Нызанов).