⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ШӨРЕК

Қарақалпақша

ат. Дөңгелек етип тандырға писирилген кишкентай нан. Кешкурын бир жуп шөректи белбеўине орап, қолтығына қысып жолға түскенде де дән алып сатыў ушын пул табыў жөниндеги кыяллардан арыла алмады (К.Кәримов). Бүгин де солай: тандырға жабылған шөреклерден баслап, лампасый, гелле, кант, қақ ерик, жийде, сөк, сары май, каўын, қақ ийжанның неше түри, қулласы, дастурхан дегениң жайнап кетти! (А.Садықов).