ЫЗҒАР
Қарақалпақша
кел. Ығал, хөл, ләм.
Неғедур сол жағымлы ызғар бир хәптеден кейин күшин көрсетти (М.Нызанов).
Гүзге бейим ызғары кетип, орпаң ашқан гүзар жолдың топырағы арғымақ атлардың кетпендей туяғына бурқырап, қойыў шаңға үйлерди көмип таслады (К.Султанов).
Садулла көбинесе усы бақшада, мына гүллердиң жанында, гүбелеклер менен ойнайтуғын еди, мине мына ызғар топырақта оның жоғалмай қалған излери де бар (А.Бекимбетов).