ЫЗҒЫРЫҚ
Қарақалпақша
ат. Ҳүўлеп ескен суўық самал, жел.
Егер мынаў балалардай болып жумыс ислесениз қасыңызға бундай ызғырық түўе оның әкеси боран да жоламайды (Т.Кайыпбергенов).
Күнниң ғыжлаған ҳәўиринен канбақтай қуўрап, елпилдеп турған көктеғи жуқа, көғис, ақ бултлар ызғырықтан жеркенгендей тарап кетти (К.Султанов).
<> Ызғырық самал — ызғырып ескен суўық самал, жел.
Күннен-күнге жалаңашланып атырған тәбият, күтпегенде көгилдир аспанды қаплап алған қойыў булт, ызғырық, жағымсыз самаллар оннан сайын мениң үскинимди қуйылдырады (М.Нызанов).