ЫНЖЫЛЫҚ
Қарақалпақша
ф. Өкиниў, қыйналыў, уўайымлаў, қапаланыў, қайғырыў.
«Отырыспа» деген ўақытта қыз апасына муңайып қарап, әлле неден тартынып отырғандай көзлери жерге телмирип ынжылды (К.Султанов).
«Ата, рас-ақ, бизди таслап кетесең бе?!» дегендей, ғаррыға жалтақлап қарайды... Ынжылып отыр! (К.Султанов).