⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫРАШ

Қарақалпақша

ат. Жапты қазғандағы еки жағаға шығарылған топырақ, биик, дөң жери. Осы барыўдан оперативлик истеў ҳәрекетин неден бастаў жағың нақты түрде шешкендей көзин жаптың ырашында бир-биреўин қуўысып жүрген көплеген балаларға тикти де, машинаны бир майдан тоқтатып ал, — деп шофёрға буйырды (А.Бекимбетов). Аттан айрылмайын деп, ақ бас ердиң басына әри-бери тырмасып еди, сары жорға үлкен бир ыраштан атлаған ўақытта, Мүширип сыпырылып түсип қалды (Қ.Султанов).