⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫРҒЫҚ

Қарақалпақша

ф. Ғарғыў, атлаў, секириў. Соны айтыўдан аттан шәпик ырғып түсти де, атын жетеклеп қабақтың қасына келди (К.Султанов). Мәңги салқын сая астында сай жатыр, Ырғыйды суў тастан шегип айбатын (И.Юсупов). 0 Ырғып түргелиў — бирден турыў, көтерилиў. — Ҳаў, — деди анам ҳеш нәрсени билмегенсип, сөйтип ырғып түргеле сала жаңағы көрпени бас ушына таманырақ таслады (Т.Қайыпбергенов).