⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫССЫ

Қарақалпақша

кел. Жоғары температурадағы қызғын. Желкесине тиген ыссы деминен сетем алып, артына жалт қарап еди, өзине келбеттес сары бала көзи жаўдырап, жымыйып күлип тур екен (К.Султанов). 0 Ыссы сўық — аўыс. азық-аўқат, ишип-жейтин зат. Сөйткен Сапар мени бүгин еки күннен бери ыссы-сўықсыз көк муздың үстинде ушан теңизде жүр (А.Әбдирейимов). Бул жердиң ыссылы-сўығына көнип өспегеннен кейин тура ма, ол! Ақыры, алып кетти (М.Нызанов).