⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫСЫРЫЎ

Қарақалпақша

ф. Жылжытыў, қозғаў, сырғанатыў, ийтериў. Өтемурат сөйлеп жүрип, қара кесеў менен ошаққағы шоқты қуманның түбине қарай ысырды (К.Султанов). Олар санитаркаға кесент етпей ушын тапочкаларын кәттиң астына ысырып, узынына түсип жатып алды (М.Нызанов). аўыс. Басқа биреўге тәсир өткериў: турмысқа бериў, жумысынан босатыў, қутылыў т.б. Екәўимиздиң усы тәбизимизди шешемиз сезип, өз қызын меннен қутқарғысы келди ме, әйтеўир мени ерте ысыражақ болып он үшке келиўден «анаў айттырды, мынаў, айттырды» деп қулағыма қурт болып түсти (К.Султанов). 0 Ысыр-ысыр — кейинге созылыў, шегирилиў, көширилиў, кейин қалдырылыў, қойғы. Ҳәмме тилеклерге ысыр-ысыр дегендей несийеге силтеп кеш жүўап берилди (С.Мәжитов). Ысырып салыў — шығарып салыў, бир затларды бир жерден екинши бир жерге жибериў. Салыға жантасқан малды айдап, ысырып салып аўылға қайтады (газетадан). Складтарда қалған гезлемелерди ысырып салады (Айбек).