⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЫСҚЫРЫЎ

Қарақалпақша

ф. Аўыздан үплеўдиң нәтийжесинде жел арқалы сес шығару. Көштен қалмай киятырғой әммеси, Түйеге таныс сусыны, меси, Бәлент шопанлардың ысқырған сеси, Қусханаға жақынлады яранлар (Бердақ). Қәлменниң үйине жақындаған ўақытта, зарлап ысқырған шарықтың үйреншикти сесинен өзге, бир сыңсып, ырғап созған даўыс жигиттиң қулағына алыстан тал-тал естилди (К.Султанов).