ЫШҚЫ
Қарақалпақша
ат. Адамның бир нәрсеге деген сүйиспеншилик сезими, муҳаббаты.
Палўан, қыздың бир сөзли екенин, өзиниң айтқан сөзинен шыға алатуғынын көрип, оған ышқы артты (Ө.Айжанов).
Ышқы аўыр дәрт екенин өз басым көрмесем де, басқадан көргеним, еситкеним бар (К.Султанов).
0 Ышқы зарын шегиў — муҳаббаттың азабын, қыйыншылығын көриў.
Ишинен қыздың гәпин тәкирарлады, «Ышқы зарын шекпеген» (К.Султанов).
Ышқы кетиў — кеўили кетиў, жақсы көриў, сүйип қалыў.
Набада, бир шырайлы қыздың саған ышқы кетсе... (М.Нызанов).
Ышқы кетип ыңыранды, Қардан аппақ етине («Қырық қыз»).
Ышқы оты лаўлаў — муҳаббаты, сүйиўшилиги артыў, күшейиў.
Есине алған сайын ышқы оты лаўлап, жигитти елитип бийҳал етип баратыр (К.Султанов).
Ышқы сезим — сүйиспеншилик, муҳаббат сезими.
«Жаманның төринде болғанша, жақсының гөринде бол» деген ышқы сезими қыз жүрегинде туўлап, толқыды (К.Султанов).