⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЯКИ

Қарақалпақша

к.с. Еки гәп ямаса айырым гәп ағзалары арасында қолланылатуғын аўыспалы дәнекер. Бирақ, ол узын бойлы ма, томпақ па, бозлақ яки қара торы ма, қысқасы оның қандай қыз екенин көргим келди (Ө.Хожаниязов). Жекке бир солдаттың, разведчиктиң яки бир командирдиң мәртлиги қаққында жазылған сүўретлемени оқыды... (Қ.Айымбетов). «Сизге кетип тур кеўлим, Яки курдас, яки сиңлим, неден болды гүнайыңыз?» (Бердақ).