ЯРДОС
Қарақалпақша
ат. Дослар, жоралар, жақынлар, жақын адамлар.
Бул сөзди тынлаң, яр-дослар, Абырай бергей быйыл бизге (Бердақ).
Ағай менен яр-досларымның үйлерине қыдырып келгеннен кейин және бираз дем алған болдым (Ө.Хожаниязов).
— Ерназардың әкеси Мыржықтың ҳәм Бегистиң Хийўада хәмеллар яр-дослары бар (К.Султанов).
Яр-досларын есине алыў — ойлаў, еслеў.
Өзи келип оқыр, жүрген жерлерин, яр-досларын есине алар,... (Ө.Хожаниязов).
Яр-дос таўып алыў — жора-жолдас излеў.
Бола қойған жағдайда яр-дос таўып алыўға болатуғын шығар? (Ө.Айжанов).
Яр-досларын муңайтпаў — жораларын, досларын қапа етпеў, кеўлин қалдырмаў.
Душпанға сырын айтпаған, Яр-досларын муңайтпаған (Бердақ).