ҒАЗ
Қарақалпақша
ат. Узын мойынлы, пәри бахалы, суўға бейимлескен, жабайы ҳәм асыранды қус.
Алмабас үйреклер, соналы ғазлар, Ушса ғаңқылдатып көлди жаңғыртар (ққ.х.қ.).
0 Ғаз-ғаз басыў — аяқдарын әстен билдирмей басыў, адымын ғазға усатып басыў.
Адамнан жаңаша тәртип талап ететуғын, аяғыңды ғаз-ғаз басып, бир қәсийетли орынға келгендей, даўысынды да пәсейтип, күле шырай берип кирғиң келетуғындай (Ш.Уснатдинов).
Ғаз жүрис — қаял-қызлардың наз бенен адымын әсте басып жүриўи.
Отырысы — тырна, йүриши — ғаздур (Әжинияз).
Ханзада ғаз жүрис пенен отаўға кирип келе берди (К.Султанов).
Ғаз даўыслы — ғазға усап ғаңқылдап шығатуғын даўыслы адам.
Радиодан ҳәр күни жыраўдай тамағын қырып сөйлейтуғын, ғаз даўыслы дикторымыз усы... (Ш.Уснатдинов).
Ғаз қатар — ғаздай қатарласып турған, жүрген, қатар, дизбек.
Көшең дәрья, суў арнасы, Ғаз қатар үй айланысы... (И.Юсупов).
Ғаз-ғаз турыў — жас баланың өзин-өзи меңгерип кете алмайтуғын биринши кәдемлери.
Ғаз-ғаз турып кең дүньяға қарасам... (Т.Жумамуратов).