ҒАЗАБАТ
Қарақалпақша
(ҒАЗАЎАТ) 1. ат. дин. Реакцияшыл мусылманлардың басқа диндеги халықдарға қарсы жәриялаған урысы, диний урыс.
Аўғанстанда ғазабат оты бирден бурқ ете келди («ЕҚ» г.).
2. Азатлық, ғәрезсизлик ушын гүрес.
Уа, мусылманлар ғазабат басланды, елди азат етейик! (А.Алиев).
3. Қыйыншылық заман, қыйын-қыстаў дәўир.
Усындай қытшылыққа, ғазаўатта елде жоқ затқа қол жете ме? (Қ.Айымбетов).