ҒАЙ
Қарақалпақша
ат. Адамның қапашылық сезими, муң, зар, қайғы, уўайым.
Шығармаға сиңеди мийдиң майы, Онда ғамы халықтың, муңы, ғайы (С.Ниетуллаев).
0 Басы менен ғай болыў — басына түскен аўырманшылық пенен бәнт болыў.
Бул заманда ҳәр ким өз басы менен ғай болып жүр (К.Мәмбетов).