ҒАЙЗАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қатты нәрсени шайнаў, кемириў, жеў.
Өсимликтиң тамырларын ондағы, Доңызлар да күн көре алмас ғайзамай (С.Ниетуллаев).
2. Аяқ кийимниң тарлықтан қысыўы, сүйкелиў арқалы аяқтың жараланыўы.
Туфли аяғын ғайзап, жүриси мүшкиллести (Т.Қайыпбергенов).
3. Қысыў, сүйкелиў арқалы жемирилиў.
Таў да, тас та тозады жемирилип, Ғайзалады, сынады темир илип (С.Ниетуллаев).