⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҒАМХОР

Қарақалпақша

ат. 1. Қәўенлер, қорғаўшы, сүйениш, тирек, пана, қоллап-қўатлаўшы. Ҳүрметлеўге бизлер бәримиз таярмыз, Өле-өлгенше ғамхорыңыз боламыз (А.Дабылов). 2. Қайырқом, меҳрибан, мийирман, исенимди. Не деген кең меҳрибан, ғамхор жан едиң! (К.Султанов). 3. Биреўдиң қәўенлерлигиндеги, қол астындағы, әменгер. Күйеўи өлген хаялдың бала-шағасына мархумның туған-тўысқанлары ғамхор болыўы — түрк туқымдас халықлардың көпшилигинде бурыннан киятырған дәстүрлердиң биреўи болып табылады («Әмиўдарья» ж.).