ҒУЛЫҒУЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Жәнликтиң ин қазғанда шығарған топырағы.
Оны табанға жақса жуўырғыш болады деген ырым бар.
Ғулығулық, куллық-қуллық, Мен анамнан туўылайын, Желаяктай жуўырайын (ққ.х.фоль.).
Бир кәрамат көрсетердей шабанға, Ғулығулық жағып алып табанға, Шабамыз кеп жарысқандай шамалға, Япырмай, дүлдүлден жаралдық па екен!? (Г.Дәўлетова).