ҒЫЖАҚ
Қарақалпақша
ат. Биреўди екинши киси менен урыстырыўға, өшегистириўге урынған унамсыз жаман ҳәрекет.
Мурт қасындағы жолдасына сум нәзер таслап, ғыжак айтты да ақ боз жүрмелиниң тикирейген жалына бүгилди (Т.Қайыпбергенов).
0 Ғыжақ сөз — еки адамды бир-бири менен өшиктиретуғын сөз.
Еки дос ғыжак сөзге ерип, арадағы дослықтан айырылып қалды (Қ.Досанов).
Ғыжақ бериў — урыстырыў, өшегистириў.
Көрген жерде Есемуратқа ғыжақ берип жүргенин билип отыр (Ж.Аймурзаев).