ҚАЎСАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Әбден тозыўы жетиў, тозыў, саўсаў.
Гедейдиң ала жаздай шыйқылдатқан, Мақтаймысаң қаўсаған шығырыңды? (Қарақалпақ қызы Дәме менен қазақ шайыры Мәнсүрдиң айтысы).
2. Қартайыў, күш-куўаттан айырылыў, саўсаў.
Жақсы жаман болмайды, Жағы қаўсап, қарыса да, Жаман жақсы болмайды, Сонша дүўа дарыса да (ққ.терме.).