⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАБАТ I

Қарақалпақша

ат. Қабат-қабат болған заттың бир қатары, қыртыс, қатлам, қат. Жети қабат қара тасты, Шарқ үйирип өтеди, Сегизинши қабаты, Мерўерт тасқа жетеди («Ер Зийўар»). Үш айға дейин сеңбир көрген бедеў ерин алып еди, арқасының бир қабат териси қопарыла шықты («Алпамыс»). Күнге күйип бетиниң бир қабат териси сыйырылып түскендей еди (Ж.Аймурзаев). 0 Еки қабат — жүкли, аяғы аўыр, бойында бар. Бул қаял еки қабат көринеди.