⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАБЫЛ

Қарақалпақша

кел. Бағыты дурыс, орынды болған, айтқаны келген, тилеги орынланған. Суўықтың ерте түсиўин тилеп едик, тилегимиз қабыл (Т.Қайыпбергенов). Тилектиң қабыл ўақыты, кешикпей-ақ екеўинин де хаялы жүкли болды («Алпамыс»). Буйрығыңыз қабыл, ханымыз (Т.Қайыпбергенов). 0 Қабыл етиў — мақул көриў, қабыллаў. Неше-неше күнлер өтип, Бул тилегин қабыл етти (Әтеш). Қудайтала сениң көз жасыңды қабыл етип, бизлерге шәпәәт етти («Мәспатша»).