ҚАБЫРШАҚ
Қарақалпақша
ат. Балықтың сыртында болатуғын, бириниң шетин бири жаўып туратуғын бөлек-бөлек жуқа қабық.
Қуўрап қапты қабыршағы, Порсып жатыр өлген балық (Күнхожа).
Аржақ-бержағын айландырып көрип, қабыршақларын қыршыўға киристи (Н.Дәўқараев).
2. Бир нәрсениң бетине кеткен жуқа қабаты.
Мынаў биринши сортқа жатпайды, тозған тондай қабыршақлары түсип болған (Ә.Шамуратов).