⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАБЫРҒА

Қарақалпақша

ат. Омыртка менен гәўде сүйекти байланыстырып туратуғын жиңишке иймек сүйек. Қабырғасы қампайды, Қурсақдары томпайды («Мәспатша»). 0 Қабырғасы қайысыў — жаны ашыў, уўайымлаў, қайғырыў. Бердақ жарлы халықтың аянышлы ҳалына жаны ашып, қабырғасы қайысқан (И.Сағыйтов). Қабырғаға батыў — аўыр тийиў, жаны ашыў, уўайымлаў. Ағасының хабары қабырғаға батады («Қырқ қыз»). Қабырғасы сөгилиў — уўайымлаў, қайғырыў, қыйланыў, жаны ашыў, жаны қыйланыў. Қабырғасы менен кеңесиў — өзиниң ақылына, ойына салыў, дым ойланыў, өзиниң ойы менен болыў.