ҚАЗАН III
Қарақалпақша
ат. 1. Шойын ямаса мыстан жасалған тамақ писиретуғын ыдыс.
Елиў жылда ел жаңа, Қырқ жылда қазан жаңа (ҚҚ.Х.Н.М.).
2. Металл қайнататуғын үлкен ыдыс.
0 Пуў қазан — атмосфера бысымынан жоғары бысымда пуў алыў ушын пайдаланылатуғын ыдыс.
Қазан көтериў — аўқат асыўға кирисиў, тамақ писириў.
Қазанның күйесиндей — қара, қап-қара, шым қара.
Қазаны басқа — өз алдына хожалық, үй.
Қазаны майланыў — майлы аш писириў.
Өмир қазан — күнелтиў, тиришилик.
Орталық қазан — көпшиликтиң бир жерден аўқат ишиўи.
Шүлен қазан — көпшиликке жететуғындай аўқат писетуғын үлкен қазан, нәҳән қазан.