ҚАЗЫҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Жерге ямаса дийўалға қағыў ушын ушы сүйирленип исленген киширек ағаш ямаса темир.
Мейли, соқпаса не пайдасы бар, Бәри бир айланып қазығын табар (И.Юсупов).
2. аўыс. Тирек, сүйениш, тийкар, негиз.
0 Қазық қағыў — орынға биринши рет белги салыў.
Қазық жутқандай болыў — ийилмеў, тик турыў.
Қазық қылып қағыў — қозғалтпаў, жылжытпаў.
Түп қазық — бир нәрсениң негизи, тийкары, төркини.