ҚАЙТЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Барған жеринен бурынғы орнына қайта келиў.
Аман-есен елине қайтты («Алпамыс»).
2. Алған бетинен, ўәдесинен тайыў, тобаға келиў.
Адасканның айыбы жоқ.
Қайтып үйирин тапқан соң (ққ.х.н.м.).
3. Ҳәлсиреў, кемиў, пәсенлеў.
Дәрьяның суўы қайтты.
4. аўыс. Өлиў, қазаланыў, қайтыс болыў.
Гөруғлы Султан дүньядан қайтты («Гөруғлы»).
Қарыўы қайтыў — есеси толыў.
Дүньядан қайтыў — өлиў, қазаланыў.