⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАЛЫҢ

Қарақалпақша

ат. Айттырылып алынатуғын, қалыңдыққа төленетуғын, берилетуғын, өткерилетуғын мал, дүнья, мүлк, ақша. Қалың мал — күйеў жақтан қалыңдықтың туўысқанларына қызын бергени ушын қайтаратуғын қәрежети, төлеўи. Қалың мал төлеп қатын алып көргеним жоқ.
кел. 1. Белгили бир заттың жуқа емес, толықтығы. Қалың шапан. 2. Көп, жийи, ғуж-ғуж. Қалың қамыс. Қалың тоғай. 3. Болық, питик. Қалың арпа. Қабағы қалың — дүңкилеўден келген қабақ, төмен қарай түсинги қабақ. Бети қалың — аўыс. уятсыз, уяты жоқ, қысынбайтуғын.