⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАМШЫГЕР

Қарақалпақша

ат. 1. Қамшы менен даўалаўшы. Қамшылаў деген сен болсаң, Қамшылы деген мен болсам, Қарыўымды салайын, Қамшыгерлик қылайын, Қамшым менен урайын, Қайт, енше, қайт, қайт! (Дарымлар. Қамшылаў дарымы). 2. «Қамшылақ» миллий ойынында қамшы менен таяқшаны жеңил урып шыр айландырып, епшиллик, шаққанлық пенен жеңген, утқан бала, ойыншы. Таяқшаны ким устаманлық пенен ушырта айландыра билее, сол ойыншы «қамшыгер» деп тән алынады. Ойын соңында «қамшыгер» болып төн алынған бала өз қамшысы менен қамшыгерлик сәниятының басқа да усылларын көрсетеди (Балалар сөз өнери ҳәм ойынлары. Жас өспиримлер атқаратуғын дөретпелер. Ойынлар).