⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАР I

Қарақалпақша

ат. Суўық күнлерде, әсиресе, қыста жаўатуғын кристалл сыяқлы түрли формадағы ақ түсли атмосфералық жаўын ҳәм соның жер бетин жаўып жататуғын жыйынтығы. Қыста қар калың болса, жер суўдан қанық болады. Жапалақ қар — ири қар, жалпақ қар. Ақша қар — биринши жаўған қар, жаңа жаўған қар, дәслепки қар. Қабағынан қар жаўыў — қатты ашыўланыў, тулланыў, түнериў, куйланыў. Қырпық қар — жуқалап, майдалап жаўған қар. Үргин қар — самал менен топланған қалың қар. Қар басыў — затлардың үстине қар түсиў. Қар басқан — аўыс. жасы үлкен, үлкен жастағы, жасаған.