⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАРА II

Қарақалпақша

кел. Түр-түс, аққа қарама-қарсы түс. Қазаннан қара нәрсе жоқ, Ассаң қарын тойдырар (ққ.х.н.м.). Дурыс айырыў ушын ақты — қараны, Илгир зейин сыншы керек, сын керек (И.Юсупов). Қара баўыр — ишки дүнья. Қара бағрым мениң соны тиледи, Бул дүньяға шыққанымнан не пайда (Әтеш). Қара гүз — гүздиң ақыры, кеш. Оның тойы егин-тегин жыйналған соң қара гүзде я қыста. Қара қайғы — уўайым, муң. Сөйтсе де қара қайғы басыўда. Қара нар — түйениң бир түри, жалғыз өркешли түйе. Қырқ қара нарды алдына салып, қырқ қызыл нарды кейнине салып (Қ.Айымбетов). Қара пәрең — адам реңиниң қаралаў бир түри. Парахат айта бер, албырама, — деди қара пәреңнен келген, жасы жигирма бесте, орта бойлы, гөнелеў болса да таза кийинген бир келинш ек (Ө.Айжанов). Қара пәрең толық бетли, Билеклери булшық етли (Ә.Шамуратов). Қара сойыў — ири мал сойыў. Он қара сойды аямай («Мәспатша»). Қара тигилиў — жесир болыў, жаман ис болыў, зыян болыў. Еки ортада мен еки жүзли болып, бахтыма нағыз қара тигилди (А.Бекимбетов). Қара кесек — сүйексиз, майсыз гөш, гөштиң майсыз нығыз жери. Етиниң қара кесек жери жоқ (А.Бекимбетов). Қара кесек ет пенен гүртикке пыязды араластырып, тийип-қашып жеп отыр (Ж.Аймурзаев). Қара кийиў — жас өли шыққан үйдиң ҳаялы ямаса апаларының қара кийип жүриўи, азалаўы. Жылына шекем қара кийемен, аза тутаман дейди (Қ.Айымбетов). Қарапайым халық, жай, қарапайым адамлар. Қара суўық — жерде қар аз болып, ызғар самал есип турған ўақыттағы қатты суўық. Қара тер болыў — қатты терлеў. Қара басқыр — ғарғанып сөгиў. Қара жүрек — жаман нийетли адам. Буның күйеўи сени қара жүреклерден қорғап жүр (Ө.Хожаниязов). Қарақаны болыў — ғарғаныў, азарланыў, сөгиниў. Алдасам қарақаным болсын (Ж.Аймурзаев). Қара жарма — аскатықсыз жарма, ағарғансыз жарма. Баратуғын жериме бараман, келетуғын жериме келемен, сениң қара жармаңа таңылып отырайын ба? (Қ.Ирманов). Қара көрим — аралық өлшеўи, шама менен бир километрдей. Өткен заманда бир бай болған екен, оның есигиниң алды үлкен жол екен, кимде-ким қара көримнен аттан түсип қол қаўсырып өтпесе, атына терис миндирип жибереди екен (ққ.х.е.). Қара көкшил — қара менен көктиң араласпасынан пайда болған түр, рең. Қара маңлай — сорлы, соры қайнаған, маңлайы сорлы. Қара маңлай хан, қайғысыз султан, бизге хабарласпай, кимнен сүйеўи, кимнен тиреўи бар екен («Алпамыс»). Қара теңге — бурынғы ақша бирлиги (тийин). Тапқаның жетпей қара теңгеге (Күнхожа). Қара тигилиў — бахытсыз болыў, ўайран болыў. — Назийра бақырып: — Қара тигилген екен ғой, — деди (Қ.Ирманов). Қара тигиў — бахытсыз етиў, ўайран етиў. Қарамадың жағдайыма, Қара тиктиң маңдайыма (Бердақ). Қара тийин — ақша бирлиги. Мөр услаған Баҳаўатдин, Бизлерде жоқ қара тийин (Бердақ). Қара малайлық — қара жумыс пенен шуғылланыўшы, жумысшы. Қара түнек — а) тас түнек, қараңғы, б) аўыс. қыйыншылық, аўыр күнлер. Бизлерди қорқытпайды қара түнеклер (Ж.Аймурзаев). Қара топырақ — топырақтың қара түри. Бархыттай кубылған қара топырақ, Жас баладай аўнап-аўнап алсақ та. Қара үй — кийиз үй. Қара үйдиң қапталындағы арбаның көшерин майлап отырған Қосыбай аспанға жалт-жалт қарады (Қ.Султанов). Жыртық үзик қара үйиң, Желсиз күни панаң еди (И.Юсупов). Қара хызмет — қол күши менен исленетуғын жумыс. Патшадан қара хызметке бүгинге дейин адам бермеген еллердиң ишинен сөйтип адам сораўға буйрық келди (Қ.Ирманов). Қарасын көриў — узақтан елес-елес көриў. Алма жеген алпыс бий, Қарасын көрип әскердиң, Тиклеген екен туўларын (Бердақ). Қарасы шөгиў — көз илмейтуғын болыў, көринбеў. Шабарманның қарасы шөгиўден қайран болған Қутым ағалар ғаўырласа баслады. Қарасы батыў — а) келмеў, ғидириў, еглениў, иркилиў. б) түнилиў, кеўили қалыў. Қарасы батсын, енди фермаға табаным тийер ме, — деди (К.Султанов). Қарасы семиў — алыслап кетиў, көринбеў. Армияға кетерде катердиң қарасы семгенше жипек орамалын былғап қалған еди (К.Султанов). Қара сөз — ишинде қосығы жоқ гәп, әңғиме. Ким билмейди қара сөз, Уйқасып келген нақылды айт (Бердақ). Баксы үзиндилер жиберсе, сәтир ямаса қара сөз бенен түсиндириледи (Н.Дәўкараев). Қара аспанды қапылтыў — қыйыншылықты болдырыў, ақырзаман қылыў. Қараспайды қапылтып түн ерип турған, Гәрдиши заманның бул пәлек урған (Күнхожа). Қара суўық — курғақ, қарсыз суўық. Қара суўық — қысты елди, Бултлар басып теңиз-көлди (Бердақ). Қара суўық қатты урды, Буны улларым биз көрдик (Жийен жыраў). Қара шымылдық — аўыс. аспанның бултласып түнериўи. Тастай караңғы, Аспан қара шымылдығын айкара жамылған (Қ.Султанов). Қара қағаз — урысқа кетип, урыста өлген адамлардың үйине келетуғын еситтириў қағаз, хат. Қара қағаз келсе бир мәрттиң оқтан ушып қаза болғаны (Қ.Султанов). Қара қайғы — уўайым, муң, шер, қайғы. Қара қайғы душпанға келип, Жүрер күнлер болармекен (Күнхожа). Қара ширик — ойға түскен шөплердиң шириўи. Бул булақтың бойынан, Бойы емес досларым, Қара ширик ойынан («Қырқ қыз»). Қаралай өшиў — шаршаў, болдырыў, жүзинен қаны қашыў. Ал Қөмекбай қаралай өшип, қалды қабағы салбырап, жумған аўзын ашпады (Ж.Аймурзаев). Қара қуптан — жатар ўақыттың алды. Олар еки шананы бастыра тийеп, қара қуптанда аўылға келди (К.Султанов). Он қара — өлшем муғдары. Он қараға турарлык ат абзалы бар еди («Алпамыс»). Қара жамғыр — қара жаўын, нөсер жаўын, қатты жаўын. Қара жамғыр қуйса да сел (И.Юсупов). Қара жер — а) топырақ, жер. Бүл дүнья курысын заман тарылды, Зардабынан қара жер қақ жарылды (Әжинияз). б) аўыс. пөнтлеў, езиў. Бер дегенде достына бер, Душпаныңды етип қара жер (Бердақ). Қара зил — а) жүдә аўыр нәрсе, б) аўыс. үўайым, муң, шер. Қара әскер — Қалың, көп әскер.