⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ҚАРАМЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Қумлы жерде өсетуғын шийе сыяқлы тикенекли жабайы өсимлик. Мәҳәлинде писип турған ериктей, Қарамық, қәрели асларым барды (Әжинияз). Қумның, шетине келгенде ҳәр жерде қарамыққа өрмелеп турған гүмгүмлер кеўлин бөле баслады (Т.Қайыпбергенов). 2. Көбинесе жас балалардың денесине шығатуғын қызылшаға усаған ушы ириңлесип шығатуғын майда жара.