ҚАРАШАҢАРАҚ II
Қарақалпақша
ат. Үлкен үй, ата қоныс, ата-ананың үйи, үрим-путақлары тараған әке шаңарағы, басқа балалары бөлек шығып кетип, кейин ең кишкене, генже баласы қарашаңарақ иеси болып қалады.
Усы жерде өсип-өнип, қарашаңарақ ел болғанбыз.
Аўыр мийнетине көнип, Ислеп қара тер болғанбыз (И.Юсупов).