ҚАРАҢ
Қарақалпақша
қараң қалғыр кел. Ғарғыс, қаңырап қалғыр, ийесиз қалғыр, әдира қалғыр мәнисиндеги ғарғысты билдиреди.
Қараң қалғыр Үстирт бир неше атаў, Суў астында жатқан зарлы Бозатаў (Әжинияз).
0 Қаран қалдырыў — опат етиў, ўайран қылыў.
Мүлкин қарап етип қараң қалдырып, ғазлар ушпас болды елимде мениң (Қ.Ирманов).
Қараң қалыў — ўайран болыў.
Қараң қалды оған қараған күним, Тилеўмуҳаммедке қарайгөр (Қ.Ирманов).