ҚАРСЫ
Қарақалпақша
р. Бир нәрсениң, бирэўңиң бет алдына туўра шығыў.
Елемес қараса баласы қарсы шығып киятыр (С.Мәжитов).
2. Бир нәрсеге келисим бермеў, қарсы болыў, шығыў.
Сержан қарсы шыққан менен шамасы келмеди (Т.Қайыпберғенов).
0 Қарсы алыў — күтип алыў.
Кел, қарсы алайық куяшты (И.Юсупов).
Қарсы атланыў — қарсы шығыў, турыў.
Патшаға қарсы атланды, жаў-жарақты алған екен (Бердақ).
Қарсы қуда — еки жақтың қыз алысып қыз берисиўи.
Буның да бар еди бир сулыў қызы, қарсы қудалыққа бул келди қолай (Омар).
Қарсы сөйлеў — қарсы шығыў, қарсы болыў.
Өзине қарсы сөйлеген әскер адамларды колхоздан куўыўға күш салып урынған (А.Бекимбетов).
Қарсы тәреп — екинши тәреп, басқа жағы.
Қарсы турыў — қарсы шығыў, қас болыў.
Мүйтен туқымы тентек болады, Жайылханға қарсы турыў (Бердақ).
Қарсы шығыў — қарсы турыў.
Қарсы шыққан адамның, жығыла бер ығына (Б.Қайыпназаров).